12.06.2025 "Modern Science and Research" xalqaro ilmiy jurnali 1 seriyasi. Volume 4 Issue 6
Abstract. Биз бул жумысымызда қарақалпақ тилиниң лексикасында үлкен орынды ийелейтуғын тараўлардың бири болған қоспа терминлерге айрықша тоқталып өттик. Және де биз жумысымыз арқалы қоспа сөз ҳәм қоспа терминлердиң бир-биринен айырмашылығын, өзине тән өзгешеликлерин ҳәм жасалыў типлерин анализледик. Қоспа сөзлер менен қоспа терминлердиң улыўмалық тәреплери көбирек болғанлығы ушын, биз қоспа терминлер мәселесин қоспа сөзлердиң тәбияты, қоспа сөзлердиң изертлениўи сыяқлы мәселелер менен байланыслы ҳалда қысқаша үйренип шықтық.
Keywords: Лексикология, сөзлик қурам, терминологиялық система, қоспа сөзлер, қоспа терминлер, интернационал сөзлер, гибрид терминлер, илимий-техникалық түсиник, калькалаў усылы, өзлестирилген қоспа терминлер.